in the future - u will be able to do some more stuff here,,,!! like pat catgirl- i mean um yeah... for now u can only see others's posts :c
ХАЛҚЫМЫЗҒА ЖАҢА ЖЫЛ ҚУТЛЫҚЛАЎЫ!
Қәдирли Ўатанласлар! Әзиз дослар!
Көп миллетли халқымыздың кеўиллерине өзгеше қуўаныш, илҳам-йош, үлкен үмит ҳәм исеним бағышлап, бәршемизди және де уллы дөретиўшилик жумысларға руўхландырып атырған Жаңа жыл елимизге өзиниң қутлы қәдемин қойды!
Мине, усындай қуўанышлы мәўритлерде гүллән халқымызды Жаңа жыл байрамы менен қызғын қутлықлап, ҳәр бириңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, татыўлық, қут-берекет ҳәм мол ырысқы-несийбе тилеймен.
Жуўмақланған жыл өзиниң умытылмас тарийхый ўақыялары, турмысымыздың барлық тараўларында жүз берип атырған өзгерислери ҳəм жаңаланыўлары менен елимиздиң жаңа тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылып қалмақта.
Себеби, ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей қоллап-қуўатлаўы нәтийжесинде изде қалып баратырған жыл Қарақалпақстан ушын шын мәнисинде берекетли ҳәм табысларға толы жыл болғанлығын терең аңлаймыз.
Әсиресе, елимизде әмелге асырылған ең ири жойбарлардың екеўи Қарақалпақстанда алып барылғаны халқымызға мақтаныш сезимлерин бағышламақта.
Бул жойбарлардың бири «Әмиўдәрья» дәрьясы үстине қурылған, автомобиль ҳәм темир жол көпири болса, екиншиси елимизди Европа мәмлекетлери менен байланыстыратуғын жаңадан қурылған «Қоңырат-Бейнеў» автомобиль жолының 240 километр бөлегиниң халқымыз ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылғаны болып есапланады.
Ең әҳмийетлиси, өткен қысқа дәўир ишинде тек ғана Қарақалпақстан ушын қабыл етилген тарийхый пәрман ҳәм қарарлар халқымыздың турмыс дәрежесин жақсылаўда, мәҳәллелерде кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыўда, тараўларды раўажландырыўда ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаўда айрықша орын тутатуғын ҳүжжетлерден болып табылады.
А.ОРЫНБАЕВ,
Қарақалпақстан Республикасы
Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы
7 - 19
Ассалаума əлейкум әзийиз дослар, уатанласлар! Бул каналға ағза болып Сизлер, Хүрметли Президентимиз Шəукат Мираманович Мирзияевтың ағла сиясаты арқасында қуяшлы елимизде болып атырған соңғы жаңалықлардан муапық боласызлар!
Тилеклер хəмде усыныслар болса уатсап нөмирге хабарласыңыз!
+998 99 545 99 25
+7 702 749 99 25
Исеним телефоны
(+998 61) 222 46 33
Мәнзил: Нөкис қаласы, И.Каримов гүзары, 112 жай