Channel Avatar

Қаракалпақ Бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери @UC_xACs4wrcIKgUs2pjfcdhg@youtube.com

4.5K subscribers - no pronouns :c

Бул каналда Қарақалпақ бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери туўра


Welcoem to posts!!

in the future - u will be able to do some more stuff here,,,!! like pat catgirl- i mean um yeah... for now u can only see others's posts :c

Қаракалпақ Бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери
Posted 1 year ago

Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты:
<<Жумагүл Сейтова: Аллаяр Досназаров ҳаққында еске түсириў>>



#Архив_дереклеринен

Халқымызға белгили қарақалпақ қызларының бири, жәмийетлик искер Жумагүл Сейтованың Аллаяр Досназаров ҳаққында еске түсириўлеринен.

Аллаяр ағаның халқымыз ушын ислеген мийнетлерин ҳеш ўақытта умытпаўымыз керек.
Мен оның менен биринши мәрте Москвада ушырасқан едим. Москваға 1928-жылы 6-декабрьде Күншығыс ҳаял-қызларының биринши басқоспа кеңесине барғанман. Қазақстаннан алты делегат, Қарақалпақстаннан бир өзим бардым. Жети күн жүрип Москваға келдим. Онша қыйланбай-ақ кеңес болып атырған жерди таўып алдым. Себеби рус тилин жақсы билмеген менен әдеўир сөйлеп билетуғын ҳәм түсинетуғын едим. 3-санлы Советлер үйине орналастым. Чемоданымды кәттиң астына қойдым. Кеңесте қатнасып айланып келсем чемоданым жоқ.
- Мениң чемоданым қайда? - деп, сол жерде жүргенлерден сорадым.
- Жаңа бир ҳаял келип, "ҳеш жаққа кетип қалмасын, мени күтип отырсын, ҳәзир айланып келемен" деп чемоданыңды алып кетти, - деди.
Ким екен деп ойланаман. Москвада мени таныйтуғын ким бар? Көп ойландым. Ҳайран болып отырғанымда, күле шырай берип, бир келиншек кирип келди.
- Ағаң шақырып атыр, - деди ол мени баўырына басып, - неге үйге келмейди? - деп ағаң деген...

Жолда киятырып таныстық. Аллаяр ағаның зайыбы Заҳыйра жеңгей екен. Аллаяр аға мени тап туўысқанындай қарсы алды.

Ол адамға сондай баўырман, ақ көкирек, ер жүрек адам еди...

(Ж.Сейтованың бул еске түсириўлери 1990-жылы жазып алынған.)

Қарақалпақстан Республикасы Орайлық мәмлекетлик архив фонды дереклеринен.

12 - 1

Қаракалпақ Бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери
Posted 1 year ago

САПАЛАҚ ПАЛЎАН


   Ҳалық арасында «Сапалақ палўан қатарына 12 мәртебе Өзбекстан чемпионы болған» деген гәплер бар. 1970-жыллары ол кисини көрдим, бирақ, усы мәселени сорап қалмағаныма еле өкинемен.
      Алламбергенниң мақаласында бул мәселе атап өтилмепти. Китапты таярлаў барысында усыған анықлық киргизиў мақсетинде Кегейли районы Абат АПЖға қараслы «Жаманжақ» аўылына бардық. Халқымызда «Әкең өлсе өлсин, әкеңди көрген өлмесин» деген гәп бар. Тилекке қарсы Саплық атаны жақсы билетуғын заманласлары яки өкшелеслери қалмапты. Бүгинги кекселер ол дәўирде жас жигит болып, «күнде көрип жүрген Сапалаққа » кеўил аўдармаған.
     Бизге жолбашылық еткен, палўанның аўылласлары Шернияз Панаев ҳәм Ғайбулла (көп жыл аўыл  кеңестиң ҳәткери болған) менен атамыздың шаңарағына бардық. Қарақалпақлар өз өмиринде үш мәрте жай салады. Сол сыяқлы, палўанның, өзи салған имараты тозып, орнына жаңа  жай тикленген екен. Атадан естелик болып бир сары шапан ҳәм жазда дем алатуғын ағаш кәти  қалыпты.
      Келини Уғылхан Жуманиязова менен қызының үйинде ушрастық.
   —Пай келгениңиз қандай жақсы болды, — деди ол шыйрақланып.
    —Атаның аты өшип кетпесин деп бармаған жерим жоқ. Бир-еки жыллықта хүкиметтен тәртип болды ма, атына қойылған көше «Жақсылық» деп өзгерди. Бул атама да жақсығой, бирақ, бул кисидей болып қатарына 12 мәрте чемпион болған адам барма Өзбекстанда—жоқ!
    —Гәпиңизди бөлейин сол чемпионлық медальлары бар ма?
    —Қарақалпақта «теберик» деп, «ийси» деп өлгеннен кейин бөлисип алатуғын әдети ғой. Медалы бар ма, грамотасы бар ма, суўрети бар ма, ҳәр кимниң қолында кетти. Мен келинимен, ҳеш кимниң қолына асыла алмайман.
       —Жеңге ҳалық аўзында Сапалақ палўан түркименниң атақлы қыз палўанын жыққан деген гәп бар,  соны еситтиңиз бе?
      —Еситтим. Бирақ ата деген келини не ондай гәп айтпайды ғой.  Келген аўылласларына шай демлеп, аўқат асып писирип жүрип, қулағым шалғаны бар. Сонлықтан ол ўақыя түркименниң қай елинде болғанын аңғара алмай қалдым.
    —Ертең гүрес болады деген күни, түркименлер мени қонақ жерге алып кетти.  — деди атам қасындағыларға . — Еситиўимше ол қыз аты Түркименстанда ҳеш кимнен жығылып көрмеген екен.  «Қарақалпақтың бас палўанын көремиз » деп қур алға жапырылады.
       Ортаға шықтым. Қыз да келди. Аты қыз демесең бойы, дуғыным денеси еркектен зыят. Алысқанда абайлағаным, билегиниң булшық етлерине қол батпайды.
       Қыз мени бираз албыратты. Бир силкип көтергенде аяғым жерден көтерилди. Еплеп тартыўынан босандым. Бирақ, басқа палўанлардай етип дуўа-сыйына  қаратпай ылақтырыў мүмкин болмады. Керек десең, өзим қол ушында кететуғын түрим болды. «Я Пийрим» әрўақларыма сыйынып, қыздың жан жеринен услап, (көкрегинен услаған болыўы керек) тикке турып ылақтырып урдым. Журт шуў-ў ете қалды. Олардың үмит еткен бас палўаны жығылған еди.
    Атадан бир ул перзент қалған — ол бизиң киси еди. (Қыдырбай Шамуратов) Кисимиз палўан болмады. Атам өзиниң избасарын күтип, ҳәр ақлықлы болғанда тәме етти. Лекин, ол кисиниң көзи жумылғанша улдан ақлық туўып бере алмадым. Еки ул перзентим Пийшенбай ҳәм Русланлар алты қыздан кейин туўылды. Пийшенбайым монитер, Руслан дене тәрбиясы бойынша муғаллим.
      Бәлким, палўанлар шаўлықларынан шығар...
      Быйыл (2022-ж) Сапалақ палўан Шамуратовтың туўылғанына 120-жыл толады. Биз Мамыт ахун қойымшылығына барып, атаның рухына қуран оқыдық.
     Қайтарда маған бир ой келди: 120 жыллық  ҳүрметине районда миллий гүрес бойынша туринер өткерилсе, аўыл  пухаралар жыйынының атын «Сапалақ палўан АПЖ» деп қойса...  Бул ойымды район ҳәкими Дәўлетбай Өтемуратовқа қулақ қағыс еттим.
    «Өзим де солай ойлап жүр едим» деди ол да.
     Келемен дегенше Уғылхан жеңгемиздиң «атамның руўхы мени жатқармай тур» «Тур, тур балам, неге тым-тырыс отырсаң»дей береди» дегенлери қулағымды жаңлады.

5 - 0

Қаракалпақ Бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери
Posted 2 years ago

Ассаламу алайкум әзизлерим!

Шемби күниниңиз қайырлы болсын!

02- Сәўир 2022
01- Рамазан 1443

Қәсийетли айдың шарапаты, Сизлерге әўмет ҳәм еки дүнья бахтын алып келсин!
Сораған ҳәрбир тилегиңиз Алла дәргайында қабыл болып, ақсақаллы ата, ақ жаўлықлы әже болыў сизге несип етсин!

Перзент сорағанларға Ҳәзирети Әлийдей ул, Бийбипәтимадай қыз берсин!

Айлардың султаны Рамазан қутлы-мубарек болсын!
┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈•
t.me/baqsilar

1 - 0

Қаракалпақ Бақсы-жыраўлары хəм сəзенделери
Posted 2 years ago

QARAQALPAQ XALIQ DASTANI GOROGLI

1 - 0